Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи«Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-25-санлы, 24.01.2025-ж.) тастыйықланды.
Қарарға муўапық, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы тийкарында Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестириледи.
Санаат, техника-технология, инженерлик тараўлары ушын жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў университеттиң тийкарғы ўазыйпаларының бири етип белгиленди.
Университетте Алдынғы инженерлик мектебиниң жумысы шөлкемлестириледи.
2025-2026-оқыў жылына шекем университетте тәжирийбе-өндирислик («спин-офф») кәрханасы шөлкемлестириледи.
2025-2026-оқыў жылынан:– Университет студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткишин ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжелилигин халықаралық тәжирийбе тийкарында баҳалаў системасы енгизиледи.
– Әмиўдәрья инженерлик-технологиялар техникумында инженерлик тараўларындағы кәсиплер бойынша кәсиплик билимлендириў бағдарламаларында толық мәмлекетлик грант тийкарында орта буўын кадрларын таярлаў жолға қойылады.
Ҳәзирги ўақытта билим алып атырған барлық студентлер оқыўын университетте даўам еттиреди ҳәм питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте университет дипломы бериледи.
—
Нукус давлат техника университети ташкил этилади “Нукус давлат техника университетини ташкил этиш тўғрисида”ги Президент қарори (ПҚ-25-сон, 24.01.2025 й.) тасдиқланди.
Қарорга кўра, Навоий давлат кончилик ва технологиялар университети ҳузуридаги Нукус кончилик институти ҳамда Тошкент ахборот технологиялари университети Нукус филиали негизида Нукус давлат техника университети ташкил этилади.
Саноат, техника-технология, муҳандислик соҳалари учун олий маълумотли мутахассислар ва илмий-педагогик кадрлар тайёрлаш, қайта тайёрлаш ҳамда уларнинг малакасини ошириш университетнинг асосий вазифаларидан бири этиб белгиланди.
Университетда Илғор муҳандислик мактаби фаолияти ташкил этилади.
2025/2026 ўқув йилигача университетда тажриба-ишлаб чиқариш (“спин-офф”) корхонаси ташкил этилади.
2025/2026 ўқув йилидан: – Университет талабаларининг фанларни ўзлаштириш кўрсаткичини ва профессор-ўқитувчиларнинг фаолият самарадорлигини халқаро тажрибалар асосида баҳолаш тизими жорий этилади.
– Амударё муҳандислик-технологиялар техникумида муҳандислик соҳаларидаги касблар бўйича касбий таълим дастурларида тўлиқ давлат гранти асосида ўрта бўғин кадрлари тайёрлаш йўлга қўйилади.
Ҳозирда таҳсил олаётган барча талабалар ўқишини университетда давом эттиради ва битирувчи курс талабаларига белгиланган тартибда университет дипломи берилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube