Cyber102_QR dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ҳурметли пуқаралар!
⚠️ Социал тармақларда сиз таныған ҳәм танымаған инсанлардан келген "APK" форматтағы файлларды жүклемең!
Егерде сиз "APK" форматтағы файлларды билип билмей жүклеп қойған болсаңыз, төмендеги әмеллерди избе-из орынлаң👇
Жеке мағлыўматларыңызға сақ болың, өзиңизди ҳәм жақынларыңызды кибержынаятлардан сақлаң!
Кибержынаятлардың түрлери ҳәм усыллары ҳаққында турақлы түрде мағлыўмат алып турыўды қәлесеңиз төмендеги силтеме арқалы бизиң Инстаграм каналымызға ағза болың:
👉 https://www.instagram.com/qriim_cyber?igsh=MW42N3p1cDZiajRwdw==

1. Мобил қурылмаңыздағы керекли мағлыўматларды басқа қурылмаға көширип алың, себеби қурылмадағы барлық мағлыўматлар өшириледи;
2. Жеке мағлыўматларыңыз сақланған программалардың (платформалар) логин, пароллерин жазып алың;
3.Мобил қурылманың сазламалар бөлимине кирип бәрше сазаламаларды завод жағдайында тиклең (сброс всех настроек);
4. Қурылмаңызда банк картасына жалғанған абонент номери болса сизге хизмет көрсетиўши банкке барып банк картасына жалғанған номерлерди өзгертиң;
5. Телеграм, Инстаграм ҳәм басқада социал тармақларыңыздың аккаунт ҳәм профиллерин көзден өткерип, басқа жалғанған қурылмаларды шығарып таслаң;
6. Мобил қурылмаңызды өзиңизге қолай жағдайда сазлап алып, кириў ушын кыйын болған кодларды орнатың;
7. Мобил қурылмаңызды жас балаларға бермең, себеби олар билип билмей алдаўшыларға жеке мағлыўматларыңызды берип қойыўы яки зыянлы программаларды жүклеп қойыўы мумкин.