❓Оқыўды көшириў мәўсими жақынласпақта: кимлер оқыўын көшириўи мүмкин?
Мәмлекетлик емес ямаса шет ел жоқары билимлендириў мәкемелеринен мәмлекетлик ЖООға оқыўды көшириў әмелдеги тәртипке муўапық, тек июль-август айларында әмелге асырылады.
Қысқы дәўирде болса тек ғана мәмлекетлик ЖОО ушын 2 кеширимли себеп пенен оқыўды көшириўге рухсат бериледи:
• студент шаңарақ қурыўы мүнәсибети менен өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы жоқары оқыў орнына оқыўын көшириў ушын;
• мәмлекетлик уйым хызметкерлери жумыс орны өзгерген жағдайда оның өмирлик жолдасы ямаса жас өспирим перзенти оқыўын көшириўи ушын (тийисли министрлик (мәкеме) басшысының усынысы тийкарында).
Кеширимли себеплерге бола оқыўды көшириў ҳаққындағы арзалар 20-декабрьден 20-январь сәнесине шекем аймақлық жумысшы топарлар тәрепинен қабыл етиледи.
✅ @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар