ӘДИЛЛИК АДВОКАТЫ


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Huquq


Өз ҳуқықларыңызды билиў күшли болыўды аңлатады. Амангелди Абатов
Байланысыў: +998 90 574 44 47
Группамыз: @adillkadvokatigroup

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
Huquq
Statistika
Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️Самарқандта машинасын ЖПХ хызметкери үстине айдаған айдаўшы қамаққа алынды.

Ол хызметкердиң нызамлы талабына бойсынбаған ҳалда, оның өмири ушын қәўипли ҳәрекетлерди ислеген.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Автобус жолында қандай ўақытта жеңил автомобильлер жүриўи мүмкин

Нөкис қаласындағы орайлық көшелерде жаңадан қойылған автобуслар ушын арнаўлы жоллар бар.

Бул жолларда айырым жағдайларда ғана жеңил машиналар жүриўи мүмкин. Жоқарыдағы видео арқалы бул ҳаққында толығырақ мағлыўмат алың...

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Дүньяға шыққан соң бергей қудайы,
Ден-саўлықтың болмас ҳеш теңи-тайы,
Ҳәр кимниң өзине Мысырды жайы,
Шүкир-сәна етиң, қәдирин бил жақсы.

Әжинияз Қосыбай улы,
"Жақсы" қосығынан.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❓Мектеп оқыўшыларының сумкасының аўырлығы қанша болыўы керек

🔘Өзбекстанда Санитариялық қағыйда ҳәм нормаларына муўапық (0341 16-сан, 2017-жыл) оқыўшылардың күнлик сабақлық ҳәм шынығыў дәптериниң улыўма салмағы:

• 1 - 2-классларда 1,5 кг,
• 3 - 4 классларда 2 кг,
• 5 - 6 классларда 2,5 кг,
• 7 - 8 классларда 3,5 кг,
• 9-классларда 4 кг аспаўы кереклиги белгиленген.

❕Бирақ әмелде оқыўшылардың сумкасы бул норма талапларынан бираз аўыр.  Бундай сумкалардан пайдаланыў олардың физикалық раўажланыўы ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырыўы мүмкин.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

8.4k 0 67 16 52

Келеси ҳәптениң басы ушын ҳаўа-райы прогнозы жәрияланды

Өзгидромет 3-5-февраль күнлери күтилип атырған ҳаўа-райы бойынша мағлыўмат берди.

Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты. Ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Түнде -3...-8, күндиз 3-4-февральда +3...+8, 5-февральда +5...+10 дәреже болады.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

8.6k 0 20 11 26

⚡️Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги жумыссыз ағзаларға стипендиялар төленеди

▫️2025-жыл 1-февральдан баслап, жумыс бериўшилердиң буйыртпасы ҳәм коммерциялық банклердиң клиентлериниң талабы тийкарында жумыссыз халықты, соның ишинде, кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан мәнзилли оқытыў системасы енгизиледи.

▫️Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан кәсиплерге оқытыў мақсетинде ажыратылатуғын стипендиялар майыплығы болған шахсларға, сондай-ақ, мүддети үш айдан артық болған оқыў курсларына қабыл етилген Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги шаңарақлардың жумыссыз ағзаларына төленеди.

▫️Онда стипендияларды төлеп барыў районлық (қалалық) кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлимлери арқалы әмелге асырылады.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Онлайн алдаўшылар сада адамлардың пулларына ийе болыў ушын қолынан келгенин ислеп атыр.

Бул сапары олар адамларды "свет"ке пул төлеўде өзлериниң фейк қосымшаны (приложение) жүклеп алыўға шақырмақта. Буның ушын болса адамларға жалған түрде 200 мың сум ўәде етпекте.

"Аймақлық электр тармақлары" компаниясы болса бул рекламалар пүткиллей ҳақыйқатлыққа сәйкес келмейтуғынын билдирип, адамлардан бундай қосымшаларды жүклеп алмаўды ҳәм усыныс етилген байланысларға кирмеўди сорамақта.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ферғана ўәлаятында алименттен 30 миллион сум қарыз бар ата пердениң артынан табылған.

Суд қарарына тийкар қарыздар Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47⁴-статьясы (Жас өспирим яки мийнетке жарамсыз шахсларды материаллық тәмийинлеўден бас тартыў) менен айыплы деп табылып, оған 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланған.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❓Кимлер мәмлекет есабынан бийпул юридикалық жәрдем алыўы мүмкин...

⚡️Ҳәр бир пуқара профессионал юридикалық жәрдем алыўға ҳақылы. Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 18-сентябрьдеги "Мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсетиў ҳаққында"ғы Нызамына муўапық, пуқараларға мәмлекет есабынан бийпул юридикалық хызмет көрсетиў ушын адвокатлар тартылады.

🔘Пуқаралар мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем алыўы ушын:

▪️ тиккелей әдиллик уйымларына аўызеки мүрәжат етиўи;
▪️ жазба түрде әдиллик уйымларына мүрәжат етиўи;
▪️ e-advokat.uz сайты арқалы электрон мүрәжат етиўи мүмкин.

Мүрәжатта қайсы түрдеги жумыс бойынша юридикалық жәрдем сорап атырғаны ҳаққындағы мәлимлеме (жумыстың мазмуны) ҳәм шахстың паспортқа байланыслы мағлыўматлары (берилген сәнеси, номери, ПНФЛ) көрсетилиўи керек.

✅Төмендегилер мәмлекет есабынан бийпул юридикалық жәрдем алыўы мүмкин:

🔘 кем тәмийинленген шахслар, егер олар:
▪️ пуқаралық ислери бойинша даўагер ямаса жуўапкерлер;
▪️ ҳәкимшилик ислер бойинша арза бериўшилер;
▪️ҳәкимшилик қамақ түриндеги ҳәкимшилик жаза нәзерде тутылған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты ислеген шахслар;
▪️жинаят ислери бойинша гүманланыўшылар, айыпланыўшылар, судланыўшылар, сондай-ақ, судланғанлар болса;
▪️ руўхый жағдайы бузылған физикалық шахслар, оларға психиатрия жәрдем көрсетилип атырғанда;
▪️өз ҳуқықлары бузылған, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлылығы бузылыўы мүнәсибети менен судқа мүрәжат еткен пуқаралар;
▪️Жинаят-процессуал кодексине муўапық жынаят иси бойынша адвокат қатнасыўы шәрт болғанда, гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы.

📨 Адвокатқа сораў бериў

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❔Билимлендириў шөлкеминиң аймағын қорғаў талабы қандай

Билимлендириў мәкемеси Қала қурылысы кодексине бола пуқаралық обектлер қатарына киреди. Усы көзқарастан, бул жерде билим алып атырған студентлердиң, изертлеўшилердиң, сабақ беретуғын профессор-оқытыўшылардың қәўипсизлиги әҳмиетли. Бул ҳәр қыйлы жат шахслардың кириўиниң алдын алыў, жол ҳәрекети транспорт қуралларының ҳәрекетин шеклеў, ҳәр қыйлы үй ҳәм жабайы ҳайўанлардың билимлендириў шөлкеминиң аймағына кириўиниң алдын алыўда әҳмиетли есапланады.

Мәжбүрий талапты әмел етпегенлик ушын жуўапкершилик шаралары белгиленген.

Мәжбүрий талапты сақламағаны ушын Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 165-статьясы, Жынаят кодексиниң 190-статьясы ҳәм "Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызамның 52-статьясы, 33-статьясында белгиленген жуўапкершилик бар.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


❗️Байрам ҳәм дем алыс күнлери ислеген хызметкерге айлық 2 есе төленеди

Мийнет кодексиниң 263-статьясына көре, дем алыс күнлериндеги яки исленбейтуғын байрам күнлериндеги жумыс ушын хызметкерге ҳақы еки есе төленеди.

Егер хызметкер қәлесе дем алыс яки байрам күнинде ислеген күн ушын баслық оған басқа жумыс күнинде дем алыс берип, 1 есе муғдарында ис ҳақы төлеўи мүмкин.

📨 Адвокатқа сораў бериў

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

8k 0 52 14 26

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Түтин аспанға көтерилгендей, жаман әдетлерден ўаз кешиў керек. Сонда ақыл тынығып даналық табады.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


⚡️Баслық қандай жағдайларда хызметкерди жумыстан босатыўға ҳақылы?

❗️Мийнет кодексиниң 161-статьясына муўапық, баслық (жумыс бериўши) төмендеги жағдайларда хызметкерди жумыстан босатыўға ҳақылы:

🔸 кәрхана жабылғанда (сапластырылғанда);

🔸 штатлар қысқарғанда;

🔸 хызметкердиң маманлығы ийелеп турған лаўазымына муўапық болмаса (мысалы, аттестациядан өткерилгенде билими ҳәм тәжирийбеси жетерли емес деп табылғанда);

🔸 хызметкер өзиниң миннетлемелерин турақлы түрде бузғанда (яғный хызметкер бир жылдың ишинде кеминде еки мәрте тәртип-интизамды бузғанда);

🔸 хызметкер өзиниң миннетлемелерин бир мәрте қопал түрде бузғанда (бундай жағдайлар кәрхананың ишки ҳүжжетлеринде ямаса мийнет шәртнамасында белгиленеди);

🔸 усы Кодексте ҳәм басқа нызамларда белгиленген басқа себеплер (тийкарлар) келип шыққанда.

☝️Штат қысқарғанда ямаса хызметкердиң маманлығы ийелеп турған лаўазымына муўапық болмағанда жумыс бериўши хызметкерге оның қәнигелиги ҳәм маманлығына муўапық келетуғын басқа бос лаўазымды усыныс етиўи шәрт.

📨 Адвокатқа сораў бериў

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❔ Неге картошка қымбатлап кетти

Қазақстаннан Өзбекстанға келип атырған 43 вагонда картошка шегарада тексериўде 10 күн қалып кетип тоңлап қалған.

Дерлик 2800 тонна картошка Қазақстан посты тәрепинен узақ услап турылыўы нәтийжесинде ширип кеткен.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️Паспорт мағлыўматыңызды ҳеш кимге бермең

Бир жигиттиң атына 6 банктен 260 млн сўм кредит алынған, бирақ ол бул ҳаққында билмеген.

️Сергек бодып, жеке мағлыўматларды сыр сақлайық!

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Бәри мениң достым, бәри өз достым,
Достың да досты бар, рас сөз достым.
Сыртыңнан жаманлап, көзиңше мақтап,
Жүретуғын жалған достан без достым!

Байнияз Қайыпназаров,
1961-жыл.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архив фонды дереклеринен.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


⚡️Әзиз ўатанласлар!

✅ «Жыл мектеби–2024»
таңлаўы жәрияланғанынан бери көпшилик мектеплер жәмәәтлери белсенди қатнасып жоқары нәтийжени көрсетип келмекте.

🏆Көпшиликтиң сораўларына көре, таңлаўдың 29-январь саат 19:00 жағдайына ең жоқары нәтийжени көрсетип киятырған 20 мектеп дизимин нәзериңизге усынамыз.

1.  19-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 9702;
2.  35-санлы мектеп (Хожели) – 9594;
3.  27-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 6344;
4.  2-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 5913;
5.  21-санлы мектеп (Қараөзек) – 4077;
6.  4-санлы мектеп (Мойнақ) – 2690;
7.  14-санлы мектеп (Шымбай) – 2617;
8.  12-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 2322;
9.  2-санлы мектеп (Қараөзек) – 2216;
10.  36 ИДУМ (Шымбай) – 2126;
11.  31-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1718;
12.  37-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1663;
13.  23-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1600;
14.  1-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1486;
15.  26-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1380;
16.  3-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 1316;
17.  19-санлы мектеп (Кегейли) – 1308;
18.  11-санлы мектеп (Қанлыкөл) – 1115;
19.  38-санлы мектеп (Шымбай) – 1040;
20.  24-санлы мектеп (Нөкис қ.) – 939.

☝️Ескертип өтемиз, таңлаўда ең көп даўыс топлаған 3 мектеп жәмәәтине қымбат баҳалы саўғалар (Компьютер, проектор ҳ.т.б.) бериледи. Таңлаў  2025-жыл 10-февралға шекем даўам етеди.

Мектепке даўыс бериў


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
️Қытайда жумысшыларға пул тарқатылды

Бир компания 70 метрлик стол үстине 60 миллион юань (9 миллион доллар) нақ пул қойып, жумысшыларға берилген ўақыт ишинде қанша санаса, соншелли алып кетиў имканиятын берди.

15 минутта 14 мың доллар жыйнағанлар да болған!

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


⚡️Енди 18 жасқа толмаған ҳәм 60 жастан асқан шахслар паспорт системасы қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершиликке тартылмайды

✅Сенаттың үшинши жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасы пуқараларын, сырт ел пуқараларын ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды жасаў орны ҳәм турған орны бойынша дизимге алыў ҳаққында"ғы Нызам көрип шығылды.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ҳәммеси 1,5-2 ай ишинде жуўмақланады, егер Украинада "қәўендерлик пуллары ҳәм патронлар" таўсылса - Путин

Путинниң билдириўлери
▪️Сәўбетлер Украина ҳәкимияты менен болыўы мүмкин, бирақ Зеленский менен емес, оның легитимлиги нольге тең, себеби оның мүддети өтип кеткен.
▪️Украинаның суверенитети дерлик ноль дәрежеде.
▪️Украина 24-февральдан кейин Донеск ҳәм Луганск ўәлаятларынан шығып кетиўи керек еди. Онда ҳеш қандай урыс болмас еди.
▪️Батыс Киевти келиспеўшиликти даўам еттириўге көндирди.
▪️Украина Россия менен сәўбетлер алып барыўға қойылған қадағанын бийкар еткенинен кейин өткерилиўи мүмкин.

❇️Каналға қосылыў 👇👇👇
https://t.me/adillikadvokati

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.