Бас шыпакер болғаным ушын мен де қатнасыў бахтына миясар болдым.
Азаматлар шайырды қутлықлап, ийнине Бухарада зерленген маўыты реңли ғыжым шапанды жаўып, Қарақалпақстан Қызыл қумында күн шығып киятырған ўақытта шағылысқан қойдан туўылған қозы терисинен тигилген, патшалар тажына усап нурланып турған сур папахты кийгизди, Қоқан шайысы менен белин буўды.
Сонда шайыр:
̶ Ҳаў, Сағындық, қарағым. Бул Бухара әмирлериниң, Хийўа, Қоқан ханларының кийимлери ғой, ̶деп зәрре күлимсиреп рахметин билдирди. Кең залларда ядтан қосықларын оқығандағы гүрлеген узақ қол шапатлаўлардан кем болмаған бул ҳүрметтиң қәдир ̶қымбатын жақсы түсинсе де, аса қуўанышын билдириўге усы ўақытлары қуўаты сарқылып, наўқас зардабы батыңқырағаны сезилди. Сынық ҳаўазда, бирақ, ҳәр бир сөзи жүректи елжиретип:
̶ Елдиң аўызбиршилигин, халықлар дослығын көз қарашығыңыздай сақлап, әдиллик, әдеп- икрамлық пенен талапшаң басшылық етиңлер, - деген нәсияты менен пәтиясын берди.
Үзилсе гүл қалар, сарғайып солып,
Мейли сен арықсаң, мейли сен толық.
Мейли сен патша бол, мейли сен гедей,
Өлсең теңлесерсең, топырақ болып..
Өмир философиясының усы шынлығын муңая мойынлап отырсам, және шайырдың жаратылыс диалектикасын ҳәзилнама, ойнақы қатарларға түсирген, усы муңайдырған ҳақыйқатты мәртлерше мойынлаўға бағдарлаған қатарлары кеўилге жағымлы самал ендиргендей болады:
Тилеўберген, сулыў едиң жасыңда,
Неге сонша жоғалтыпсаң көркиңди? ̶
Деп ҳәзилкеш ләң урады қасымда,
Тап пышықтай силкип ойнап бөркимди.
Бәҳәрде гүл жайнап турған отлы шоқ,
Гүз айында ҳәлсирейди сарғайып.
Удайына сулыў болған адам жоқ,
Оның ушын тағылмайды ҳеш айып.
Солған гүлдиң болмас бирақ шығыны,
Бул гәплерди тымсал ушын айтаман.
Ҳәр жылында көбейеди туқымы,
Бәҳәр сайын көрк береди қайтадан.
Қыраў шалып сулыўлығым бузылған,
Аўыспайды улым менен қызымнан..
Ҳақ гәп, сулыўлық та, әдеп ̶икрамлылық та ата мийрасы. Ҳеш бир ата ̶ана перзентке жақсы тәлим- тәрбиядан артық мийрас қалдыра алмайды. Сүйип-сүйилген ерли-зайыплылар дослықтың, меҳир-шәпәәттиң тымсалы болған шайырдың шаңарағында тәрбияланған, өмир жалғасы — перзентлериниң ҳәммеси де жоқары билимли өз кәсибиниң маманлары, елине елеўли, халқына қалаўлы, Ана халқына, республикамызға жанкүйер пухаралар болып жетисти.
Идиралды перзенти Байрон ̶ Нөкис пединститутын питкерип, усы жерде жумысқа қалды, армиядан соң, мектепте ислеп, ардақлы устаз болды, билимлендириў министрлигинде жуўапкерли ўазыйпаларды атқарды. Тилекке қарсы өмирден ерте кетти. Изинде. жақсы устаз, жақсы физик, жақсы инсан, деген аты, нийетлерин даȳамлаȳшы зайыбы ҳəм урпақлары қалды.
Асия ̶ Қарақалпақстанға мийнети сиңген муғаллим, ҳəмме ȳақыт алдынғы сапта, узақ жыллар педогогикалық училищеде директор, мектеп директоры лаўазымында табыслы хызмет атқарды. Балаларына меҳирийбан ғамхор ана ҳәм ўападар қостар болып, кең жәмийетшиликте ҳүрмет ̶ иззетте.
Зухра ̶ жүдə кишкене мектеп жасынан Ташкент хореография училищесинде оқыȳға кетип, сағынышлы болған, папасының қызы. Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, Ташкент, Москва мәденият орайларында табыслы оқып, көркем өнер коледжинде жасларға хоеография сырларын үйреткен әдиўли устаз болды.
Замира ̶ «шымбайлы еркетай», кɵбирек, дайы ата ̶əжесиниң қызы болып баȳыр басқан, кеўилшек қызы. Гидрогеолог, Қарақалпақстанның жер шараятын ойлап таңлаған кәсиби, Самарқандлы жигитке жулдызы жарасып, перзентлеринен ақлық көрип отыр. Жүрегиниң белгили бир бөлеги Қарақалпақстанда, ел ̶журты, Ўатаны, ата ̶анасы, туўысқанлары менен бирге.
Малика ̶ анасының шырайынан кɵбирек алып, «маманың меншик қызы» атанса да, ата жолын қуўып, əкеси тəлим алған дəргай Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетин айрықша питкерип, филология илимлериниң кандидаты, доцент, жаңа тили шығып быдырлағаннан ̶ақ, қосық тоқып, үлкен шайыр əкесиниң: «Қарақалпақстандағы қызлардың ең шайыры» деген баҳасына миясар болған.