Рахат Осербаев ⚖


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Huquq


Осербаев Рахат Шавкатовичтин жеке каналы!
https://t.me/+tX-GWs7DiURlYjgy
Сиз бул канал арқали өзиңизге керек болған юридикалық хəм хақ хуқуқый жақтан қызықтырған сорауларыңызға усы канал арқалы жууап аласыз.
Онлайн, бийпул, ҳуқықый мәсләҳәтлер

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
Huquq
Statistika
Postlar filtri


Assalawma aleykum
Kiyatrgan jaña jil menen barsheñizdi shin jùrekten qutliqlayman. 2025 jil tabisli mol nesibeli jil bolĝay. Usi jil erise almagan niyetleriñizge 2025 jil eriskeysiz. Shañaraĝiñizda tatiwliq arimasin. Jaña jil qutli bolsin.🥳🥳
https://t.me/Raxat_Oserbaev


❓Ишки ислер хызметкери сизиң жеке телефоныңызды тексериўи мүмкин бе?

Конституцияның 31-статьясы 2-бөлиминде "Ҳәр ким хабар жазысбалары, телефон арқалы сөйлесиўлери, почта, электрон ҳәм басқа да хабарлары сыр сақлаў ҳуқықына ийе. Бул ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың қарарына тийкарланып жол қойылады" делинген.

Тексериў өткериўге рухсатты тек ғана суд береди. Бирақ хәзир тилекке қарсы қай-қайссысы болсада тексериуди қатырып тур. 🫣😁

https://t.me/Raxat_Oserbaev






#PREMYERA 🔥

🎵ALISHER BAYNIYAZOV – QARAWILLAP❗️

UZAQ KU'TILGEN MUZIKA😁

🔊 KANAL:
https://t.me/Raxat_Oserbaev


❗️ Тилиңизге абайлы болың: Өзбекстанда ақыретлегенлик ушын 15 млн сўм жәрийма салынады

Нызамға бола, шахстың абырайы ҳәм ар-намысын қасттан кемситкен ақыретлеў БЕМның 40 есеси (15 млн сўм) муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

👉 https://t.me/Raxat_Oserbaev


️Өзбекстанда крипто-активлер жумысын лицензиялаў баҳалары белгиленди

"Крипто-активлер айланысы тараўындағы хызметлер провайдерлериниң жумысын әмелге асырыўға лицензиялар берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы муғдарларын белгилеў ҳаққында"ғы буйрық мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Оған бола, крипто-активлер айланысы тараўындағы хызметлер провайдерлериниң жумысын әмелге асырыўға лицензиялар берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажының муғдарлары төлеў санында әмелде болған базалық есаплаў муғдарының төмендеги есапта белгиленеди:

➖ крипто-биржа ушын — 73 400;
➖ майнинг-пул ушин — 3 000;
➖ крипто-депозитарий ушын — 7 000;
➖ крипто-дүкән ушын — 3 700.

Р.s. Лицензия алып шуғылланың. Болмаса 3 жылға қамалып кетиуиңиз мүмкин.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


⚡️Исбилерменликти баслаўды қәлеўши пуқараларға шәртсиз 300 миллион сумлық кредит бериледи

Президент басшылығында өткерилип атырған жыйналыста айтылыўынша, өткен 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың адам кредитин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болды. Олардың 58 мың адамы жаңа кәрхана да ашты.

Банклер сынақтан өткен клиентлерин қоллап-қуўатлап, оларды киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы кереклиги айтылды.

Оларға “Киши бизнести қоллап-қуўатлаў ” бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи.

Бул арқалы кейинги жылларда 1,5 миллион халықты жумыслы етиў мүмкинлиги айтылды.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
https://t.me/Raxat_Oserbaev


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
https://www.instagram.com/magazin_2480/profilecard/?igsh=Y3lndHVqM2Jmb204

Magazinnin instagram akauntina aĝza bolip qoyiñ . Beypul sawgalar oynatamiz.!

https://t.me/Raxat_Oserbaev


Salamat Kalbaev dan repost
Assalawma aleykum bárshege. Húrmetli kanal aǵzaları

@Universitet_pidayisi_bot arqalı
Media hám jurnalistika tarawındaǵı Jıldıń eń belsendi studenti nominaciyası boyınsha Kalbaev Salamat Murat ulına dawıs berip, qollap quwatlap jiberiń doslar, aldınnan raxmet


❗️️Исбилерменлерди қуўандыратуғын Президент пәрманына қол қойылды

"Исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПҚ-184-санлы, 14.11.2024-ж.) қабыл етилди.
Пәрманға бола, 2025-жыл 1-январьдан:

➖ физикалық шахс тәрепинен исбилерменлик жумысын жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтпестен әмелге асырғанлығы ушын финанслық жәрийма бийкар етиледи;

➖ "Қәўип-қәтерди додалаў" электрон системасы енгизиледи.

Электрон системада исбилерменлик субектлери жумысында ҳуқықбузарлық ислеў қәўпи төмен, орта ҳәм жоқары дәрежелерге бөлинеди.

✅ Қәўип дәрежеси төмен болған исбилерменлик субектлериниң жумысында қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериўлер өткерилмейди.

❌ 2025-жыл 1-январьдан төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик бийкар етиледи:

➖ фискал белгилерди сәўлелендириў тәртибин бузыў;
➖ Мәжбүрий цифрлы маркировкалаў белгиленген товарларды (өнимлерди) идентификация қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў қағыйдаларын бузыў;
➖ Хызметкерлер санын жасырыў.

❗️2025-жыл 1-марттан баслап судта жумыс жүргизиў тәреплер келисим келисими дүзгенлиги себепли тоқтатылғанында, мәмлекетлик бажы биринши инстанция судында — 70 проценти, апелляция ҳәм кассацияда — 30 проценти қайтарып бериледи.

Пәрман менен исбилерменлик субектлериниң жумысында өткерилетуғын барлық тексериўлер "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасында дизимнен өткериў арқалы Бизнес-омбудсманды хабардар етиў тәртиби енгизиледи.

Бунда тексерилетуғын исбилерменлик субйекти анық болмаган жагдайларда, тексериў басланганнан кейин 24 саат ишинде Бизнес-омбудсман хабардар етилиўи керек

https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
https://www.instagram.com/reel/DDmbII9ijxD/?igsh=bzNlOG41N2tjcWhr

Усы видеоға кириб лайк басып комент жазб кетейк👍

https://t.me/Raxat_Oserbaev


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


14-декабрь Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 32 жыл толды.
Бәршеге байрам қутлы болсын!
https://t.me/Raxat_Oserbaev


Кейинги жылдан баслап қамбағал семьяның 3,5 мың балалары гранд тийкарында жоқары оқыу орнына киритилиуи мүмкин. Бул хаққында хүрметли Президентимиз тийисли басшыларға көрсетпе берди.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


❗️Абайлы болың
      
Хүрметли пуқаралар турақ жайларыныздағы ысытыуэў қазанларының сазлығына итибар бериң. Олардан пайдаланыўдан алдын морыларын тазалатпай түрып газ үскенелеринен пайдаланбаң.
      
Ысытыў қазанларының морыларын көриктен өткериў оларды тазалатыў ушын төмендеги қәнигелерге мүраажат етиўиңиз мүмкин.

☎️ Өртке қарсы гүресиў жәмийети: 612221947

☎️ Өртке қарсы хызмет ЖШЖ: +998993185222

☎️ Қәўипсиз газ хызмети ЖШЖ: +998500078104

☎️ Нөкис қалалық газ тамийнаты бөлими: 104

☎️ Айрықша жағдайлар бөлими: 101, 1050

https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev


⚡️ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Министрлер Кеңеси жанында дүзилген арнаўлы штабқа 24 саат даўамында мүрәжат етиўиңиз мүмкин

Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилген.

Ҳүрметли, пуқаралар!

Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.

⚡️ Қала ҳәм районларда шѳлкемлестирилген гүз-қыс штабларының телефон номерлери

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79

https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev


Huquqiy yuridikaliq sorawlariñiz bolatin bolsa.
Ya basqa soraytin zatlariniz bolsa usi akauntqa xabarlasiñ @Raxatt_01
https://t.me/Raxat_Oserbaev


❗️Айырым исбилерменлер ушын салық жеңилликлери: төленген салықтың бир бөлегин қайтарып алын!

️ Жаңа Ҳүкимет қарарына (745-санлы, 07.11.2024) тийкарланып, улыўма аўқатланыў, туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлери менен шуғылланыўшы исбилерменлер ушын төленген қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў имканияты жаратылды.

❓Кимлер ушын?
▪️2024-жыл 1-октябрден: туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлери — төленген салықтың 20%и қайтарылады.

▪️2025-жыл 1-январдан: улыўма аўқатланыў хызметлери — айлық айланыстың нақ пульсыз бөлеги: 60% ҳәм оннан жоқары болса, салықтың 40%и; 60% тен кем болса, салықтың 20%и қайтарылады.

❓Қандай тәртипте?
Исбилермен салық есабатын усынып бергеннен кейин, 3 ай ишинде қайтарыў ушын мүрәжат етиў мүмкин. Барлық талаплар орынланған жағдайда, салық автоматикалық түрде қайтарылады.

Қагыйдалар 2028-жыл 1-январьға шекем әмел етеди.
https://t.me/Raxat_Oserbaev

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.