Қараөзек районында ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў жумыслары баслап жиберилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрель күнги ПҚ-4271 қарарына тийкарланып, Қараөзек районының ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў бағдарында 2023-2024 жылларда “Азия раўажландырыў банк” тәрепинен 11,145 млн АҚШ долл кредит қаржылары есабынан ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў белгиленген.
Жойбар шеңберинде жәми узынлығы 172, 5 км ишимлик суў тармақлары ҳәм де «Қараөзек УРВ», «Самат» «ВС-1» суў бөлистириў имәратларын реконструкция қылыў жумыслары алып барылмақта.
Бүгинги күнде «Қараөзек» АПЖ аймақларына жәми узынлығы 64,7 км болып, соннан Самат, Бүгежейли, Бирдем ҳәм Қарамойын елатлы пунктлерине 34, 6 км ишимлик суў тармақлары, «Есимөзек» АПЖ аймағындағы Ақбеткей елатлы пунктине 6,7 км ҳәм Қараөзек ППЖ аймағындағы Керпич завод посёлкасына 4,6 км ишимлик суў тармақларын қурыў ҳәм реконструкция қылыў жумыслары исленбекте.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары Азербайжан Республикасының ПУ "AEIB-Karauzak" қурылыс кәрханасы тәрепинен алып барылмақта.
2024-2025-жыл даўамында курылыс жумыслары жуўмақланғаннан кейин районның 38 мыңнан аслам халқы таза ишимлик суў менен тәмийинленеди.
Қараөзек районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
➡️@QaraozekHakimligi