Досларың көп болғаны, олар менен бирге жүрип ўақ-шақ болып ўақыт өткизиў жақсы әлбетте. Бирақ өмириме нәзер тасласам әҳмийетли ҳәм дурыс қарарларды қабыл еткен ўақытымда, өз үстимде регулярно тоқтамасдан ислеп нормальный резултатлар көрсеткен моментлерде мен ҳәр дайым жалғыз болғанман. Мениң күшли тәрепим жалғызлықта ҳеш нәрсеге шалғымастан өз үстимде ислей алыўымда деп ойлайман. Субъектив тәжирийбемнен келип шығып соны айта аламан, "көп досларың болғаны жақсы, бирақ қандайда бир результатларға тек ғана жалғызлықта тынымсыз ҳәрекетлердиң арқасында ерисесең".
https://t.me/Pikirerkin
https://t.me/Pikirerkin