🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Ta’lim


Mektepke shekemgi bilimlendiriw shólkemi tárbiyashilari ushun‼‼‼
Ozinizdiń sabaqliqlariniz,videorolikleriniz bolsa bizge jiberiń..Biz kanalga jaylastiramiz.
Kanal iyesi: @Indira_0504
Youtube kanal : https://www.youtube.com/channel/UCVL4BqEahb25Yo13dml

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


Адамның тән ағзалары бир-биринен қашан дем алатуғыны ҳаққында сораса баслапты.
      Бас, аяқ, қол, көз булар:
    - Адам уйықлағанда дем аламыз,- депти. Асқазан:
      -Аўқатты сиңирип болғанымда дем аламан,- депти. Солай етип ҳәмме ағзалар жуўап берип болыпты.  Тек,   тек... Жүрек ғана үндемей турған екен.
      - Ҳәй, Жүрек, сен туўылғаннан бери тынбай жумыс ислейсең. Сен өзи қашан дем аласаң? - деп сорапты басқа ағзалар.
        Сонда Жүрек былай деп жуўап берипти:
     - Мен жақсы сөз, жағымлы хабарлар еситсем ғана дем аламан,- депти.

     Солай екен, жүрегимизди дем алдырып, бир-биримизге жағымлы сөзлер айтайық. Жыллы сөйлеп, жақсы хабарлар тарқатайық! Бир-биримизден меҳир-муҳаббатымызды аямайық!
      Қәлбимиз түпкиринде қалып кеткен өкпе-гийне, ашыў, кек, жек көриўшилик сыяқлы жағымсыз жүклерди шығарып таслап, қысқа ғана өмиримизди бахыт пенен қуүанышқа толтырып жасайық, әзизлерим!


𝐓𝐞𝐥𝐞𝐠𝐫𝐚𝐦 | 🌹🌸MSHBSH TA'RBIYASHILARI KANALI🌸

https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹


My.gov.uz порталында қандай хызметлерден онлайн пайдаланыў мүмкин?

💻 my.gov.uz/oz/service/308 — Такси хызмети ушын лицензия бетин алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/357 — Электрон санлы қол таңба алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/913 — Туўылғанлық ҳаққында гүўалық алыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/853 — Автотранспортты онлайн қамсызландырыў;

💻 my.gov.uz/oz/service/412 — Өзбекстан Республикасынан шығыўыға ўақтынша шеклеў қойылғанлық жағдайын тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/491 — Өзин-өзи бәнт еткен шахсларды дизимнен өткериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/263 — Есапланған мийнет ҳақы суммалары ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/486 — Пенсия белгилеў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/378 — Паспортты ID картаға алмастырыў ушын арза жибериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/498 — UzAuto Motors АЖ арқалы автомобиль сатып алыў ушын нәўбетти тексериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/418 — Шет елге шығыў паспортын рәсмийлестириўге арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/745 — "Ҳаяллар дәптер"инде пуқараның бар екенлиги ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/748 — "Жаслар дәптер"инде пуқараның бар екенлиги ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/743 — Темир дәптерде пуқараның бар екенлиги ҳаққында мағлыўмат алыў;

💻 my.gov.uz/uz/service/587 — “Социаллық қорғаў бирден-бир реестри”не кириў ушын арза бериў;

💻 my.gov.uz/uz/service/870 — Студентлер турақ жайына жайласыў ушын арза жибериў (1-курс студентлери ушын);

💻 my.gov.uz/uz/service/654 — Автотранспорт қуралларының қадаған етилгенин тексериў;

👉 @Karakalpak24


⚡️Жыл атамалары

1991-жыл — "Алишер Наўайы" жылы;
1992-жыл — "Шыпакерлер" жылы;
1993-жыл — "Ахмед Яссавий" жылы;
1994-жыл — "Мырза Улуғбек" жылы;
1995-жыл — "Ибн Сино" жылы;
1996-жыл — "Амир Темур" жылы;
1997-жыл — "Инсан мәплери" жылы;
1998-жыл — "Шаңарақ"жылы;
1999-жыл — "Ҳаял -қызлар" жылы;
2000-жыл — "Саламат әўлад" жылы;
2001-жыл — "Аналар ҳам балалар" жылы;
2002-жыл — "Кекселер қәдирлеў" жылы;
2003-жыл — "Абат мәҳалле" жылы;
2004-жыл — "Мийрим-шәпәәт" жылы;
2005-жыл — "Саламатлық" жылы;
2006-жыл — "Қәўендерлик ҳәм шыпакерлик" жылы;
2007-жыл — "Социаллық қорғаў" жылы;
2008-жыл — "Жаслар" жылы;
2009-жыл — "Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў" жылы;
2010-жыл — "Баркамал әўлад" жылы;
2011-жыл — "Киши бизнес ҳәм исбилерменлик "жылы;
2012-жыл — "Беккем шаңарақ" жылы;
2013-жыл — "Абат турмыс" жылы;
2014-жыл — "Cаламат бала" жылы;
2015-жыл — "Кекселерди қәдирлеў" жылы;
2016-жыл — "Саламат ана ҳәм бала" жылы;
2017-жыл — "Халық пенен сәўбет ҳәм инсан мәплери" жылы;
2018-жыл — "Жедел исбилерменлик, инновацион идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў" жылы;
2019-жыл — "Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажландырыў" жылы;
2020-жыл — “Илим-мәнаўият ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў" жылы;
2021-жыл — "Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў"жылы;
2022-жыл — "Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле" жылы.
2023-жыл — "Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў" жылы.
2024-жыл — "Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў" жылы.
2025-жыл — "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика" жылы.


🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ájayip qol ónerin islep úyrenemiz!

🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Pázende qızlar ushın.
Úylerińizge miyman kelgende stolģa shıraylı etip salfetkalardı qalay taqlawģa boladı. Keliń, úyrenip alamız!

🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Bul film tek ĝana 4 minut dawam etedi. 30 minutta súwretke alınĝan bul film Oskar sıylıĝın alıwĝa miyassar bolĝan.

🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹


BALALARǴA BARMAQLARDÍ TANÍSTÍRÍW

BES BARMAQ


Bas barmaq – (bas barmaq)
Balań úyrek – (suq barmaq)
Ortan terek – (ortan barmaq)
Shúldir shúmek – (tórtinshi barmaq)
Kishkene bóbek – (shunatay barmaq)

BARMAQLARDÍŃ SÓYLESIWI

Bas barmaq: – Urlıq eteyik,
Balan úyrek: – Etsek eteyik,
Ortan terek: – Quday bar-ǵo!
Shúldir shúmek: – Quday ne qılatuǵın edi.
Kishkene bóbek: – Qudaydıń ala tanasın ákelip, soyıp jeyik.

Orta barmaq qudaydı yadǵa alǵanı ushın hámme barmaqlardan uzın bolıptı. Shunatay barmaq «qudaydıń ala tanasın» soyıp jemekshi bolǵanı ushın da hámme barmaqlardan kishi bolıp, óspey qalǵan eken.

🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ривожлантирувчи марказлар "Менинг танловим" таблоси видеоролик

🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹























20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.