Nukus.uz dan repost
Қала ҳәкимлигиниң басламасы менен Нөкис қаласы ҳәкимлиги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры ортасында Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2024-жыл 22-ноябрь күнги “Театрлардыӊ жәмийет мәдений турмысындағы әҳмийетин арттырыў ҳәм олардың жумысын және де қоллап-қуўатлаў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-399-санлы қарары тийкарында бирге ислесиў меморандумы тастыйықланды.
Меморандумға қол қойыўдан мақсет - жасларды театрларға қамтыў ҳәм спектакллер тамашалаўын шөлкемлестириў арқалы олардыӊ руўхый ҳәм интеллектуаллық жақтан раўажланыўы, ана-Ўатанға болған сүйиспеншилигин арттырыў, шаӊарақ, ата-ананыӊ қәдирине жетиўин тәмийинлеўден ибарат.
Атап айтқанда, меморандум бәнтлеринде мектеп оқыўшыларыныӊ жеӊиллетилген тарифлерде театрға барыўын ҳәм спектакллер тамашалаўын шөлкемлестириў, сондай-ақ, социаллық жақтан қорғаўға мүтәж шаӊарақ перзентлери ушын кириўди бийпул етиў көрсетилген.