Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Қазақстанлы блогер "Чорсу" базарында сапасыз баўыр сатылып атырғанын дәлиллеп берди
Қазақстанлы блогер Ташкент қаласындағы "Чорсу" базарында сапасыз баўыр өними сатылып атырғанын сынға алып, видеоны социаллық тармаққа жайластырды. Бул болса көплеген додалаўларға себеп болды.
Бул жағдай бойынша Санитариялық-эпидемиология комитетиниң Ташкент қалалық басқармасы мүнәсибет билдирип, "Чорсу" дыйқан базарында да турақлы жумыс алып баратуғын лабораториялар бар екенлиги, бул жерде гөш өнимлериниң ветеринария-санитариялық экспертизасы әмелге асырылатуғынын мәлим етти.
Шайхантахур районы бөлими қәнигелери, ИИБ ҳәм базар ҳәкимшилиги менен үйрениў даўамында пуқараларға ажыратылған коридорда санитариялық қағыйдаларға қайшы түрде, ҳеш қандай ҳүжжетсиз гөш өними (баўыр) сатылып атырғаны белгили болған.
"Сониң ушин 9 кг баўыр өними саўдадан алып тасланып, белгиленген тәртипте жоқ етиў илажлары көрилди," делинеди хабарда.
👉 @Karakalpak24