* * *
Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт
Мени мезгилимнен бурын тергеди.
Самалдың көксине орденин тағып ---
Музлардың бетине атын мөрледи.
Ең соңғы жалынды Ақырет берер.
Есилип кетпекши ең соңғы самал,
Өзиниң шамасын Жүрегим билер ---
Ең соңғы тынысын қай таңда алар.
Қашан жазылады ең соңғы қосық,
Мен қашан жасайман -- адамдай болып!
Әлемниң ең соңғы ҳүкимдарындай,
Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт.
Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
02.02.2022-жыл
Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт
Мени мезгилимнен бурын тергеди.
Самалдың көксине орденин тағып ---
Музлардың бетине атын мөрледи.
Ең соңғы жалынды Ақырет берер.
Есилип кетпекши ең соңғы самал,
Өзиниң шамасын Жүрегим билер ---
Ең соңғы тынысын қай таңда алар.
Қашан жазылады ең соңғы қосық,
Мен қашан жасайман -- адамдай болып!
Әлемниң ең соңғы ҳүкимдарындай,
Жүдә қаталласып баратыр Ўақыт.
Базарбай ЖОЛДАСБАЕВ
02.02.2022-жыл