Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
БАЙРАҒЫМ
Қосағынан келген бүгин байрамым,
Суверенди алған күни аймағым.
Бәлент болып желбирей бер аспанда,
Көзге ысық ар-намысым байрағым.
Сен елимниң бет пердеси айнасы,
Қарақалпақ жүрегиниң таңбасы.
Өзиң менен алдындағы арбасы,
Бес қалам бар бес жулдызым жайнағын.
Бул байрақта бабалардың жыры бар,
Тарийхымның батпан-батпан сыры бар.
Жасыл, сары, көк аспандай түри бар,
Бәлент турып мәңгибақый таймағын.
Ҳәр бир елдиң байрақлары өзгеше,
Байрақ жүрер өзге елге төрлесе.
Уранымсаң қайсы елден сен десе,
Қутлы болсын қәдирданлар байрамың.
Жаңабай Анетеев
14.12.2020.
Каналға ағза болыў: @hoja_uz
Қосағынан келген бүгин байрамым,
Суверенди алған күни аймағым.
Бәлент болып желбирей бер аспанда,
Көзге ысық ар-намысым байрағым.
Сен елимниң бет пердеси айнасы,
Қарақалпақ жүрегиниң таңбасы.
Өзиң менен алдындағы арбасы,
Бес қалам бар бес жулдызым жайнағын.
Бул байрақта бабалардың жыры бар,
Тарийхымның батпан-батпан сыры бар.
Жасыл, сары, көк аспандай түри бар,
Бәлент турып мәңгибақый таймағын.
Ҳәр бир елдиң байрақлары өзгеше,
Байрақ жүрер өзге елге төрлесе.
Уранымсаң қайсы елден сен десе,
Қутлы болсын қәдирданлар байрамың.
Жаңабай Анетеев
14.12.2020.
Каналға ағза болыў: @hoja_uz