#Qaraqalpaq_tilinde
🔰 Юридикалық терминология [2-бөлим]🔗
1-бөлим: https://t.me/miraddinmiriad/608
🔹АлибиАйыпланыўшының жынаят ислеў ўақтында басқа жерде болыўына байланыслы жынаят ислеў имканиятының жоқлығы.
🔹АдвокатПуқаралар ҳәм шөлкемлерге юридикалық жәрдем көрсетиў, соның ишинде, судта олардың мәплерин қорғаў ўазыйпасы жүкленген юрист.
🔹Салық
Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардан өндирилетуғын белгиленген мәжбүрий төлем. Халық ҳәм кәрханалардан алынатуғын мәмлекетлик жыйым.
🔹Мийрас қағазБиреўдиң қайтыс болғаннан кейин мүлкине бийлик етиў туўралы нусқаў*лары бар рәсмий ҳүжжет.
🔹ГауптвахтаӘскерий хызметкерди қамақта сақлаў орны.
🔹ГеноцидМиллетти жоқ етиўге қаратылған ҳәрекетлер.
🔹НотариусҲәр түрли юридикалық актлерди рәсмийлестириўши лаўазымлы адам [питимлерди тастыйықлаўшы, қоллар (имзалар)ды раслаўшы (дурыслаўшы)].
🔹ВандализмИмаратларды, қойымшылықларды ямаса басқа да қурылысларды ипласлаў (қорлаў), мүлкти бүлдириў.
🔹Талапкер (даўагер)Талап (даўа) қойыўшы адам яки уйым.
🔹ПрецедентУқсас ислерди шешиўде үлги болатуғын суд (сот*) шешими.
🔹ПатентОйлап табыўға болған айрықша ҳуқықты тастыйықлаўшы гүўалық.
🔹АрестМәжбүрий услап турыў ҳәм қамақта сақлаў.
🔹СанкцияҲуқықый норманың усы норманы бузыўшыға байланыслы мәмлекетлик тәсир шаралары ҳаққындағы көрсетпелерди өз ишине алған бөлеги.
🔹Өлим жазасыЕң жоқарғы жаза шарасы.
🔹ЭвтаназияНаўқастың тез өлим ҳаққындағы талабын қанаатландырыў.
🔹ФикцияҲақыйқатқа сәйкес келмейтуғын ҳәм әдетте қандай да бир анық мақсет пенен пайдаланылатуғын, қастан дөретилген, ойлап табылған жағдай, дүзилис. Мысалы, фиктив неке.
🔹Юридикалық фикцияФакттиң ҳақыйқатына қарама-қарсы болса да, оны болжаўдан ибарат юридикалық усыл. Бул усылдың мәниси, белгили бир жоқ факт бар деп есапланады ямаса керисинше. Бирақ, фикцияны бийкарлаў мүмкин болмаған презумпциядан (praesumptio iuris et de iure) парықлаў керек. Мәселен, нызамды билиў презумпциясы фикция емес, ал бийкарланбайтуғын презумпция болып есапланады, себеби ол истиң ҳақыйқый жағдайына сәйкес келиўи де, келмеўи де мүмкин; бийкарланбайтуғын презумпциядан айырмашылығы, фикция барлық ўақытта жалған болады.
🔹ПуқаралықАдамның мәмлекет пенен турақлы ҳуқықый байланысы.
🔹Тоталитар(лық)
Сиясий режимниң халық үстинен ҳәр тәреплеме қадағалаўға ийе болыўы ҳәм зорлық ямаса қәўип-қәтерди системалы қолланыўға сүйениўи менен сыпатланатуғын түри. Диктаторлық ҳәкимият ҳәм адамлардың минез-қулқы ҳәм пикирлеўин толық қадағалаўда өз көринисин тапқан режим.
🔹Ажырасыў (синоним: талақ хат бериў, ашым-айрық болыў, айырылысыў, русс тилинде; развод)Ерли-зайыплылардың ҳуқық ҳәм миннетлемелерин тоқтатыўшы юридикалық акт.
🔹ДемократияХалықтың ҳәкимият дереги ретинде тән алыныўына тийкарланган жәмийеттиң мәмлекетлик сиясий дүзилиси формасы.
🔹НекеЕркек пенен ҳаялдың нызамға муўапық дүзилген еркин ҳәм тең ҳуқықлы аўқамы.
🔹КонфискацияСудтың шешими менен мүликти ҳақысыз (төлеўсиз) алып қойыў.
🔹ИмпичментНызамшылық актлеринде белгиленген талапларға муўапық (жоқарғы) лаўазымлы адамды лаўазымынан босатыў тәртиби. Импичмент - муниципаллық ямаса мәмлекетлик атқарыўшы адамларды, лаўазымлы адамларды, соның ишинде мәмлекет басшысын, кейин ала оларды лаўазымынан шетлетип жибериўши суд айыплаўы, соның ишинде, жынайый айыплаў процедурасы (рәсим*и). Импичмент процессинде айыплаў әдетте адамды нызамға қайшы түрде исленген ҳәрекетлерде, яғный лаўазым ўәкиллигинен пайдаланыўына қарамастан, саналы исленген ҳуқық бузыўшылықта айыплайды.
#юриспруденция #термин #termin
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
Мираддин Мириад
@miraddinmiriad