Аллаяр Дарменов


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: ko‘rsatilmagan


Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
Қарақалпақ, қаңлы.
Байланыс: @AllayarDarmen
Топар: t.me/AllayarDarmenov
Инстаграм: https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri


Аллаяр Дарменов dan repost
ҲАЯЛҒА ҲҮРМЕТ

Қыз өссе елдиң көрки санағанбыз,
Олар ушын талай қосық қурағанбыз,
Бәримиз де Адам ата қостары –
Теберик Ҳаўа енеден тарағанбыз.

Қыз әўладын кызғыштай қорып өстик,
Қарындастың бурымын өрип өстик,
Есимде жоқ, ессизлерше қай заман,
Еркек боп ҳаялларды урып өстик?

Базда болғанды бираз урыс-қағыс,
Жарасық жақсы, не керек жақ жарыс,
Муштың зардабынан көгерген көзди,
Қуралай көз деп қалай айталамыз?!

Айдай жүз болар ма көз жасы жуўса,
Не керек бас байлық перзентлер туўса,
Мәзи еркек атын көтерип жүрсең,
Сен үйде жатып, қатының пул таўса.

Ҳаяллар өмирдиң мазмуны, сәни,
Ҳаял болған бабалардың ураны*
Автобуста жүкли ҳаял тик турса,
Онда бар еркектиң қурығаны.

Шашы узын, ақылы келте десип,
Еркеклер өсек айтар үймелесип,
Ҳаялға қол жумсар қорқақ илажсыз,
Билмеген соң еркек болып төбелесип.

Қыздың жолы қылдан нәзик, аңласақ,
Қандай азаматпыз қызды хорласақ,
Төртиншиде әкемизди қуўантып,
Үш шақырса анамызға бармасақ.

Билим алсын, контракт па, төлейик,
«Папа, көйлек» десе алып берейик,
Бийкешин жаманласа қоса сөгип,
«Қарындасшыл» аға болмай өлейик!

Шабазым деп күтер жумыстан келсең,
Нең кетти, концертке билет әперсең,
Аўылдан қартайған анаңды алып,
Бир шалқытып, кеўиллерин көтерсең.

Үйге қамай бермей сен жолдасыңды,
Қыдыртып тур хотлап базда машынды,
Буўылған гүл берсең, бере ғой бирақ,
Көрсетпе түйилген тастай мушыңды.


Түсиндирме:
* «Ҳаял уран болған екен». Бердақ. «Шежире».


А. Дарменов,
25.09.2024.

@Allayar_Darmenov

282 0 10 6 32

3-БЕТ_1.pdf
563.4Kb
Жолбарыс он еки жылда бир балалайды...

Газетасүйер журтшылық ушын көркем информация.

@Allayar_Darmenov

536 0 10 6 15

ТҮРКШЕ КИНОДАЙ...

Туўылыпты бул дүньяны билип ким?
Есикти ким ашты, кетер илип ким?
Жылап та күлесең, күлип жылайсаң,
Дүнья — мазақ, киносындай түриктиң.

Бәҳәрди сағынсаң қысың өкпелер,
Туғыр таяр, ығбал қусым жоқ келер,
Дүнья бул — сериялындай түриктиң,
Бир қуўансам бәри түсим боп келер.

Алдына жайғандай палкер картаны,
Жасайды көзимиз шығып жалтаңы,
Мына дүнья — киносындай түриктиң,
Ийрим емес, уймығына тартады.

Таў шыңын әрманлап тырмастым ҳәлек,
Шың жолы да шыңнан гөззал бир бөлек,
Жолға салмадым нәзер, айландырды,
Түрктиң киносындай мәккар мәмелек.

Сөз ақтардым кәншидей шахта қазған,
Заман қалды пахтаны мақтап жазған,
Биз түркше кинодай журттың кеўлин,
Жаўлай алармекенбиз, қәлем мырзам?!

А. Дарменов,
27,28-февраль, 2025-жыл.

@Allayar_Darmenov


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
ТАҒАМЛАР АЙТЫСЫ

Бүгин Қарақалпақ этно аўылында болған "Жүўери гүртик" байрамында бираз қәлемкеш досларымыз бенен халыққа кеўилли байрам кейпиятын үлестик.

Әбдирәшид Исмайылов,
Бекберген Әдилбаев,
Гөззал Жумамуратова,
Саҳыпжамал Сырғабаева,
Аллаяр Дарменов.


Байрам қутлы болсын, заманласлар!

@Allayar_Darmenov

1.7k 0 22 10 41

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#Архив

Бир билгени бар шығар...

Биз
неге гезлестик?
Дүнья тар шығар?!
Етпе даўкеслик,
Тәңриниң
бир билгени бар шығар.

Бахытлы биз мине,
Бахыт — бас заң шығар.
Әййй...
Тәғдирдиң измине
Шырт жумайық та көзимизди,
Тапсырайық өзимизди.

Сүйдим, сүйилип қал, жаным,
Ойлама дүнья жалғанын,
Тәғдирди жазған Алланың
Бир билгени бар шығар...

Аллаяр Дарменов
18.06.2020

@Allayar_Darmenov


НӨКИСТЕГИ «ХОГВАРДС» МЕКТЕБИ

Жақында Президент мектебинде "NPSMUN" деген конференцияға қатнасып едим. Улыўма өзгеше атмосфера болды. "Изиңдегин көрип қартаясаң" дегендей, изимиздеги жаслар бизден әдеўир зейни илгир болып жетилисип киятыр екен. Көз тиймесин.

Толығырақ соңғы сүўреттеги "Еркин Қарақалпақстан" газетасында басылған мақаламнан оқыўыңыз мүмкин.

@Allayar_Darmenov


📦📨

Бүгин Туркиялы шайыр достым Фатиҳ Султан Йылмаздан почта келди.
Кешеги жазда (2024, август) Туркияның "Kardeş kalemler" журналында Фатиҳтиң түркше аўдарыўында қосығым басылған еди. Бүгин журналдың өзин қолыма алып, көп ғана түркий жас дөретиўшилериниң арасында бизиң де дөретпемиз барына қуўанып қалдық.

Teşekkürler, kardeşim.

@Allayar_Darmenov

1.2k 0 7 16 110

Жас дөретиўшилер dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Келесиз ғо я?
Қар-парды сылтаўлаў жоғынан ;)

@QRJas_doretiwshiler


ДӘЎРАНҒА

Кел, Дәўран иним, бир дәўран сүрейик,
Бүгин кеўил қусым шырлар дым бийик.
Шыңлар дым бийик,
Жоллар туңғыйық.
Шегинбейик,
Алған шегим бийик!

Сөздиң «дөңгелек базарын» көрсеттим,
Сөздиң гүңелек мазарын көрсеттим,
Келер сениң кеўилиңди хош етким,
Келмейди мениң өзиңе
Ағалық етпей өмирден бос өтким.

Қун сорайды еле қорланған Сөзлер,
Кеўил зинданында зарланған Сөзлер,
Сөз боп туўғанына арланған Сөзлер.
Сен аялаған Сөз,
Мен заялаған Сөз,
Ел саялаған Сөз!
Бул турыста Сөзлер соқпай қыйыншылыққа,
Жерленер «ЖЫЙНАЛЫС» деген қойымшылыққа.

Жүз мың өсекши жыйналған майдан, қур,
Жүз миллион жуп қулақ тыңлап ҳайран тур,
Сөзди сыйламағаны —
Бизди сыйламағаны!...
Бәринен де усы аўыр батады.
Бүгин көзимизше Сөзди сатқанлар,
Ертең изимизше бизди атады!

Аллаяр Дарменов,
07.02.2025.

@Allayar_Darmenov


Төртликлер

Аға, оқымыслы жүрис-турысың,
Иниң билмей айтып қояр дурысын,
Дипломсызды оқымаған дер болсаң,
Оқығаның қурысын.

***

Тай да бир күн ат болады, буйырса,
Шоқ та бир күн от болады, буйырса,
Атшапқыш, отжаққыш болған жигитлер,
Жигитликти атқарады, буйырса.

А. Дарменов,
06.02.2025.

@Allayar_Darmenov

1.5k 1 13 11 57

Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
✨✨✨
Аўыллас әжапам Мукаррама Оразбаева менен бир кесе шай үстинде әңгиме қурдық. Ол өзине бөтен уяда жаңа көз ашқан  палапанға уқсайды. Өзи қандай қус екенин билмейди: мүмкин бүркит, суңқар я бүлбил, бәлким шымшық шығар. Бирақ қәйткенде де Әдебият аспаны кең. Мукарраманың жез қанаты жетилип, өз жолын, өз пәрўазын табыўына тилеклеспен.

@keuylge_zhol

@Allayar_Darmenov


БЕСІКТЕГІ БАЛАНЫҢ СӨЗІ
(Аллаяр Дәрменов)

Айтпа маған ғарышыңды жаулаған,
Мына бесік асқаралы тау маған.
Тас төбемде әлди айтқан телефон,
Эмбриондық кезімнен-ақ жау маған.

Қозып кетсе қәпелімде арқаңыз,
Құрып бітер Арал тұрмақ Арқа* мұз.
Көп боялған балалардың қанына,
Шырайлы географиялық картаңыз.

Түс мінберден! Тоқтат, самсам, уәжіңді,
Шерт «Балашейітте»* мұңлы сазыңды.
Сіздер ЮНИСЕФте бөсіп сөйлеңдер,
Жау Газада құрсын қанды бәзімді.

Күнің Жерді, Жер Күніңді айнала ма?
Қатқан теорияң құрысын қайталама!
Маған біреу жер бетінде, Ешқашан,
Ата-ана ажыраспайды деп айта ала ма?!

Ал сорығышты, сұраймын жалбарына,
Сорығышқа сүт бермеген Жаббар мына.
Бар тартылыс құшағында ананың,
Түсінбеймен Ньютонның заңдарына.

Бәлкім, дүние не тал бесік тарлау-ды,
Үйрендім өмірді жылап жырлауды.
Үйрендім адамға тілек тілеуді,
Үйретпеңдер! - маған енді қарғауды.


*  Арқа—арқада жайласқан Солтүстік мұзды мұхит.
* Балашейіт - қорымның аты.

Қазақ тилине аўдарған Гарифулла Мамбеткаримов

Канал: @Allayar_Darmenov


БЕСИКТЕГИ БАЛАНЫҢ СӨЗИ

Айтпа маған космосыңды жаўлаған,
Мына бесигим ең бийик таў маған,
Тас төбемде ҳәййиў айтқан телефон,
Эмбрионлық дәўиримнен жаў маған.

Қозып кетсе қәпелимде арқаңыз,
Қурып питер Арал түўе Арқа муз,
Көп боялған балалардың қанына,
Шырайлы география картаңыз.

Түс минберден, тоқтат самсам ўазыңды,
Шерт «Балашейит»те муңлы сазыңды,
Сизлер ЮНИСЕФте йошып сөйлеңлер*,
Жаў Газада қурсын қанлы бәзимди.

Қуяш Жерди, Жер оны айлана ма?
Қатқан теорияңды қайталама!
Маған биреў жер бетинде ҳешқашан,
Ата-ана ажыраспайды деп айта ала ма?!

Ал сорғышты, сорайман жалбарына,
Сорғышқа сүт бермеген Жаббар мына,
Бар тартылыс қушағында ананың,
Түсинбеймен Нютонның заңларына.

Бәлким дүнья, я тал бесик тарлаўды,
Үйрендим өмирди жылап жырлаўды,
Үйрендим адамға тилек тилеўди,
Үйретпеңлер маған енди ғарғаўды.


* UNİCEF — Жер жүзлик балаларды қорғаў шөлкеми.

Аллаяр Дарменов,
29, 30-январь, 2025-жыл.
Нөкис.


Канал: @Allayar_Darmenov

2.1k 0 21 18 57

Аллаяр Дарменов dan repost
Суп-сулыў

Жүзиңниң нур шашыўлары,
Еңбеклеп тез-тез қашыўларың,
Турып тай-тай басыўларың,
Суп-сулыў, суп-сулыў, суп-сулыў.

Үйимниң ханы, хожасы,
Өмирдиң дәми, мазасы,
Шайырдың мәңги музасы,
Күлгенлериң суп-сулыў.

Папа деген тилиңнен,
Апа деген тилиңнен,
Уйқы бермей түниң менен,
Жылағаның суп-сулыў.

Қушағыма басайын,
«Ишш» бар ма, кел, тосайын,
Адым ба адым күн сайын,
Жүргенлериң суп-сулыў.

Сәл муңайсам жубанышым,
Бесиктеги қуўанышым,
Шежире шынжыр даўамшым,
Еркеленгениң суп-сулыў.

Алладан алған инамым,
Пүтин болғай ийманың,
Аўыш бер қәне, ийй жаным,
Суп-сулыў, суп-сулыў, суп-сулыў.

Аллаяр Дарменов,
09.09.2021.

Канал: @Allayar_Darmenov

1.5k 0 14 14 59

Бул — мен

Ишкирнелик ғәрез-тилегиң,
(Бәлким таза емес пәлегиң),
Жарылып кетсе де жүрегиң,
Бул — Мен!

Бул дүнья әзелий бири кем,
Сөзлер көп қабақтай шириген,
Жараландым, бирақ тиримен,
Бул — Мен!

Өсек деген ашыл дәстүрхан,
Гилкий көпеклерди мәс қылған,
Көкте қудайы бар қасқырман,
Бул — Мен!

Нангөректей туқымың молдан,
Шыға бердиң кес-кеслеп жолдан,
Ийтке ийт өлими — мәрди майдан,
Бул — Мен!

Үре бер сен, үрип заўық ал,
Азғырсаң кетектен таўық ал,
Тезирек өзиңди таўып ал,
Бул — Мен!

Аллаяр Дарменов,
14.01.2025.


@Allayar_Darmenov


Бәри жақсы болады

Қайғы муң да келтиреди көп келеге,
Саў адам өмирин муңсыз өткере ме?!
Қайғының да қайыры бар, өкпелеме,
Бәри жақсы болады!

Журт өзи сондай, күнлей берсин жабылып,
Тайсалма сирә сабыр көрпе жамылып,
Жатырған шығар бахыт сени аңылып,
Бәри жақсы болады!

Жылайман болма, сүртейин кел жасыңды,
Үркитип алма қонажақ бахыт қусыңды,
Тәрк етсин тәшўиш, қой желкеме басыңды,
Бәри жақсы болады!

Баслы сыйлық маған мыйық тартқаның,
Мыйығың еслетеди таңның атқанын,
Муң мәзи, ал бахыт мәңгилик, күт жаным,
Бәри жақсы болады!

Исен маған!

Аллаяр Дарменов,
30.09.2020
, 11.01.2025.

Канал: @Allayar_Darmenov


Барлықбай аға шежире киси еди. Соңғы мәрте Нөкистеги "Гиннестиң рекорлары"на кирген Қара үйде көрисип, «Әмиўдәрья»ның жаңа санын берип едим. Адам адамға аманат екенин аңлай бермес екенбиз.

Жайыңыз жәннеттен болғай, аға.


МЕРЎЕРТ dan repost
Кеўил билдириў

Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Барлықбай Айтмуратов дүньядан өтти.

Усы мүнәсибет пенен художниктиң шаңарағына, жақынларына кеўил айтамыз.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


***
Гей биреўди ҳайўаннан,
Айыралмай ҳайранман,
Заман — теңиз шайпалған,
Илик турсын үйлериң.

Айтып тилде қудайды,
Сөйтип сени баплайды,
Сақланғанды сақлайды,
Илик турсын үйлериң.

Билмей, қараптан-қарап,
Шайпалмасын шаңарақ,
Жоқ ҳәзир қудайы қонақ,
Илик турсын үйлериң.

Келсе де бүгин қай қонақ,
Айтып келер ол бурын-ақ,
Күндиз мейли, кешқурын-ақ,
Илик турсын үйлериң.

Аман болғай отбасың,
Муңға басың шатпасын,
Қапыны илмей жатпасын,
Илик турсын үйлериң.

А. Дарменов,
04.01.2025.

@Allayar_Darmenov

5k 0 131 16 98

ОҚЫЎЛАРЫҢ ЖАҚСЫ МА?

Күлимлеген күн уялап көзиңе,
Нәзер тигип сөзсиз сәўбет қурамыз.
Келди тек те мына сөзлер дизиле:
«Оқыўларың жақсы ма?» деп қара қыз.

Қырмызы ериниң еркелик етип,
«Жақсы...» деди самал үзген алмадай.
Мен турыппан тағы сөйлеўиң күтип,
Сөйлемесин мейли, кетип қалмағай.

Солқымы сырқылған қара жүзимдей,
Майысар жүрегим, ишлей туўладым.
Рухсат етсең, бурын бойдақ гезимдей,
Сорап тураман қалай деп оқыўларың.

Билемен, сабақтан ағласаң. Гейде,
Ол мениң сөз баслар сылтаўым бөлек.
Түсин, оқыўыңнан атласам үйде
Жеңгеңнен рухсат сораўым керек...

Аллаяр Дарменов,
02.01.2025.

@Allayar_Darmenov

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.